19/05/2026
Аймақлараралық бирге ислесиў мәселелери додаланды
Қарақалпақстан делегациясының Қытай Халық Республикасына сапарының екинши күни әҳмийетли сөйлесиўлер менен өтти.
Соның ишинде, Синцзян-Уйғур автоном районының басшылары менен ушырасыў өткерилди.
Онда еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў беккемленип атырғаны айрықша атап өтилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстанға айрықша итибары менен инвесторлар ушын жаратылған шараятлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берди.
Сондай-ақ, аўыл хожалығы техникаларын ислеп шығарыў ҳәм каустикалық сода ислеп шығарыўды жолға қойыў және басқа да тараўларда әмелий инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша 8 бағдарда усыныслар билдирилди.
Синцзян-Уйғыр халық партиясының хаткери Чен Сяоцзян заманагөй аўыл хожалығы, қәнигелерди қайта таярлаў, жасыл экономика, экология, саўда-экономикалық бирге ислесиў ҳәм туризмди раўажландырыў бағдарында социаллық-экономикалық мәселелерде бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирип, 4 бағдарда қосымша ислесиў бойынша келисип алынды.
Синцзян аўыл хожалығы илимлери академиясы вице-президенти Алиф Ерси менен ушырасыў өткерилип, онда шарўа от-жем базасы ушын егилетуғын өсимликлерди жетистириў бойынша кеңнен бирге ислесиўди жолға қойыў, Қытай тәжирийбесин ең жайдырыў ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў перспективалары белгилеп алынды ҳәм усы бағдарда меморандумға қол қойыўға келисип алынды.
Буннан соң делегация Қытайдың топ 500 аўыл хожалығы кәрханалары қатарына киретуғын "Joinhope Holding group" кәрханасының жумысы менен танысты ҳәм Қарақалпақстанда да кәрхананың жумысын жолға қойыў, онда тийкарынан пахта ҳәм ғәлле, сондай-ақ, шарўа от-жемин егиў мәселелери додаланды.
Сондай-ақ, топырақсыз гидропоника жәрдеминде көк шөп ҳәм декоратив гүллерди жетистириўге қәнигелескен "ЦУА ЖИНЎАНГ" кәрханасының жумысы менен де танысты.
Келешекте еки тәреп қәнигелери арасында турақлы тәжирийбе алмасып барыў системасын жолға қойыўға келисип алынды.
Сапардың екинши күнинде өткерилген ушырасыўлар даўамында улыўма баҳасы 300 миллион долларлық 6 инвестициялық келисим, соның ишинде, Нефт өнимлери, газ, химиялық өнимлер ҳәм олардың көтере саўдасы, Металл коньструкциялар, металл есик ҳәм айналар ислеп шығарыў, експорт-импорт операцияларын әмелге асырыў, Электр бағаналарын ислеп шығарыў, крипто-активлерди қазып алыўды (майнинг) шөлкемлестириў бойынша келисимлерге ерисилди.
—
Минтақалараро ҳамкорлик масалалари муҳокама қилинди
Қорақалпоғистон делегациясининг Хитой Халқ Республикасига ташрифининг иккинчи куни муҳим мулоқотлар билан ўтди.
Жумладан, Шинжон-Уйғур автоном райони раҳбарияти билан учрашув ўтказилди.
Унда икки давлат ўртасидаги савдо ва иқтисодий ҳамкорлик мустаҳкамланиб бораётганлигини алоҳида таъкидлаб ўтилди.
Шунингдек, Қорақалпоғистон Республикаси Жўқорғи Кенгесининг Раиси Аманбай Орынбаев ҳурматли Президентимизнинг Қорақалпоғистонга алоҳида эътибори билан инвесторлар учун яратилган шароитлар ҳақида кенг турда маълумот берди.
Шунингдек, қишлоқ хўжалиги техникаларини ишлаб чиқариш ҳамда Каустик сода ишлаб чиқаришни йўлга қўйиш ҳамда бошқа соҳаларда амалий инвестицион лойиҳаларни ҳамкорликда амалга ошириш борасида 8 та йўналишда таклифлар билдирилди.
Шинжон-Уйғур халқ партияси котиби Чэнь Сяоцзян замонавий қишлоқ хўжалиги, мутахассисларни қайта тайёрлаш, яшил иқтисодиёт, экология, савдо-иқтисодий ҳамкорлик ҳамда туризмни ривожлантириш борасида ижтимоий-иқтисодий масалаларида ҳамкорликка тайёрлигини билдириб, 4 та йўналишда қўшимча ишлаш бўйича келишиб олинди.
Шинжон қишлоқ хўжалиги фанлар академияси вице-президенти Алиф Эрси билан учрашув ўтказилди ва унда чорва озуқа базаси учун экиладиган ўсимликларни етиштириш бўйича кенг ҳамкорликни йўлга қўйиш, Хитой тажрибасини тадбиқ этиш ҳамда қишлоқ хўжалигини ривожлантириш истиқболлари белгилаб олинди ва ушбу йўналиш бўйича меморандум имзолашга келишиб олинди.
Каналға ағза болыў:
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube