14/01/2020
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапханасына «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына 90 жыл» атамасындағы фотоальбом саўға етилди!
2018 жыл 12-февральда Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапханасына Нөкис қаласы Билим баспаханасы тәрепинен шығарылған «Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына 90 жыл» атамасындағы әжайып фотоальбом китабын саўға етти. Баспаға таярлаған Гәўҳар Рахманова, жуўаплы редакторлары Қалбай Турдиев, Айтмурат Альниязов, Муратбай Нызанов басшылығы менен шығарылды. Фотоальбом үш тилде, қарақалпақ, өзбек, инглиз тилинде берилген. Кирисиўинде Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирамонович Мирзиёевтың «Бизиң ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы тарийхымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын бабаларымыз бар. Ҳәўес етсе арзыйтуғын бийбаҳа байлықларымыз бар.Мен исенемен, несип етсе, ҳәўес етсе арзыйтуғын уллы келешегимиз, уллы әдебиятымыз ҳәм көркем өнеримиз де әлбетте болады» деген әжайып сөзлери менен басланған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры республикамызда орны гиреўли театрлардың бири. Бул дәргай 90 жыллық тарийхқа ийе. Усы жыллар ишинде театр халқымыздың руўхый дүньясының ажыралмас бир бөлеги болып, жәмийет басқышларында ҳақыйқый турмыс көринислерин сәўлелендирген мәдений-руўхый мәсканға айланды. Халық пенен бирге жасап, инсанлардың қуўанышын да, ғам-тәшўишлерин де сахналық шығармаларда сәўлелендирип, олардың кеўиллеринен орын алған. Китапта Қарақалпақстанда театр өнериниң пайда болыўы, 1926 -1930 жыллардағы «Таң нуры» труппасының шөлкемлестирилиўи. 1930-1957 жыллар аралығындағы Қарақалпақ мәмлекетлик театрының излениў дәўири, 1957-1991 жыллардағы Қарақалпақ театрының жетискенлик қәдемлери, Ғәрезсизлик жылларындағы театрдың изленислери менен жетискенликлери ҳаққында жазылған. Әлбетте театр жәмәәтиниң жыллар даўамында дөреткен спектакллери, опера-балет, концертлериниң суўретлери менен әжайып берилген.
«Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына 90 жыл» атамасындағы фотоальбомды саўға еткенлиги ушын Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына шексиз миннетдаршылығымызды билдиремиз. Бундай фотоальбом китап қумарлар ушын үлкен саўға болды. Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме китапханасына келип пайдаланыўыңызға шақырамыз.